SITE LOGO
newportal.moy.su
2-ku'n, 16.04.2024,   17:06   Приветствую Вас, Гость | RSS
Алқысса кеўил хошлайық, Дәми жоқ жерин таслайық, Бирин-бирине қоспайық, Жасырын сырын ашайық, Сол заманда көп болған, Дуўагей менен сасайық, Қойын баққан Буўрабайдың, Шалабайдан сөз баслайық, Алдаўшының кең заманы, Орын алған ҳәр жерде, Өтирикшиниң ҳамалы, Тастай қамал қараңғы, Қаласы ҳәм жабаны. Дизесин жаўып баспаған, Ийниндеги шапаны, Гүлайымға ашық болды, Буўрабайдай байыңның, Қарсақлы таўда қой баққан, Шалабай деген шопаны, Ерки болмаған қысы-жаз, Байдың оған пайдасы аз. Еки аяқлы адамға, Сөйлесиўге жүдә саз. Сөз айтады жантассаң, Жанлыға жүдә жағымпаз, Атын сорасаң Шалабай, Көзи қыйсық, кийме таз, Гүлайымды алыўға, Ақыл ойлап етти ўаз. Еки ийнин жалмаған, Он жыл удай қой бағып, Буўрабайдай байыңнан, Бес тийин ҳақы алмаған, Қырман алып жер егип, Қабы дәнге толмаған, Он еки жылғы талабы, Жалғыз ылақ болмаған, Талабы бир оңбаған, Түрли ақыл ойланып, Гүлайымды алыўға, Ҳәр түрли ҳийле торлаған, Қарақшы ийттей жалақлап, Тумлы-тусын қармады, Талап етти ҳәр жақтан, Түрли ҳийле қурыўға, Ҳ ... Читать дальше »
Просмотров: 671 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Алқысса сөзди еситиң, Белине қамар ораған, Аш бөридей жалақлап, Жән-жағына қараған, Хорезмниң қоласты, Қатты қысып сораған, Саўал сорап шыбын жаннан, Әйне сексен жасында. Сөз еситиң Ўайсан ханнан, Көзлеринен от шашып, Тилин кесе шайнаған, Жеткенлер менен урысып, Әбден соры қайнаған. Әйне сексен жасында, Белине қылыш байлаған, Аш-жарлыны қорқытып, Қойдай қылып айдаған, Уятсыз жүдә қара бет, Ишсе қанға тоймаған, Мал орнына қумартып, Адамнан басқа соймаған, Жарлы менен гедейди, Қоян киби аўлаған, Жантасып кетсең қасына, Бәлеси оттай ғаўлаған, Тели менен тентектиң, Қулағын қатты таўлаған, Гедей халқын күнбе-күн, Ҳүжим жасап жаўлаған, Зейнине тийгенди, Жоңышқадай баўлаған, Келамылла сөзине, Ҳәргиз қулақ салмаған, Аш-жарлыны адам деп, Ҳеш есапқа алмаған, Аўыз салып тум-тусына, Еки ийнин жалмаған, Етип жүрген ислери, Ҳеш бир нырққа сыймаған, Сексен жасына толғанша, Тартып лепсин тыймаған, Жүдә гөрқаў, лепсиқаў, Ондай залым болмаған, Геллеси бар тандырдай, Сақалы узын селпийген, Мурты жайын қа ... Читать дальше »
Просмотров: 634 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Алқысса, сонда Гүлайым, Қолаң шашын түйеди. Бадана көзли ақ саўыт, Он ийнинен кийеди, Көкиректиң ақлығы, Қызына дуўа тийеди, Қаршығадай қағынып, Атқа қарғып минеди, Азап келип қол талмас, Дарыған жерде жан қалмас, Алмасты белге иледи, Аттың басын оңғарып, Гүлайымдай перийзат, Алдына қарай дөнеди. Қара таўды жағалап, Баса қонған ел еди, Гүлайымның жеделин. Барлық халқы биледи, Гүлайымдай перийзат, Өз күшине сенеди, Айдағанда Қарагер, Қустай көкке енеди, Бир нешелер қуўанып, Бир қаншалар күледи. Қайғы етпей дүнья-малдан, Белли рухсатын алған, Қарагер атын ойнатып, Гүлайымдай перийзат, Елатын етти тас-талқан. Шуғыл сөзге ермеди, Атасына ерк бермеди, Аш жолбарыстай шабынып, Денесин күш кернеди, Атағынан сескенип, Ханды көзге илмеди. Жүзбасы менен найыбын, Шопанындай көрмеди. Азатлыққа жол излеп, Тил менен қылыш сермеди. Душпанның тилин алмады, Сөзине қулақ салмады. Жалынса да не беглер, Хызметине бармады, Ерси-ерси ис қылып, Билгенинен қалмады, Сәрдарлардың жүрегин Өткир көз бенен қармады. ... Читать дальше »
Просмотров: 810 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Ертеде, әййем заманда,
Халық езилген табанда,
Түп бабамыз онсанда,
Аз ноғайлы елинде,
Алымханның сорамында,
Жаңадәрья бойында,
Саркоп деген қалада,
Қарғалы деген салада,
Жер теңселткен салтанаты,
Бәршеге машхурдур аты,
Дүньяға түскен лақабы,
Аўыспайды басқаға,
Бир өзине биржабы,
Алға қарап өрбиген,
Күннен-күнге ығбалы,
Бес мың жылқы, он мың қой,
Оннан да бетер байымақ,
Мақсет пенен талабы.
Төрт түлиги сай болған,
Он мың танап жер ийелеп,
Бир өзи зорға жай болған,
Жаңадәрья бойында,
Қарғалы деген сайында.
Буўрабай деген бай болған.
Еситкенлер тутты атын,
Қойдай айдап жақын-жатын,
Талқан етип ели-халқын
Шашып гүмис пенен алтын,
Аты шыққан арыўлардан,
Сайлап алды алты қатын.
Терең сайларға бойлады,
Ат шапты той тойлады,
Ҳәр түрли мақсет ойлады,
Үйинен адам тоймады,
Алты қатын алса да,
... Читать дальше »
Просмотров: 616 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Ордық орақ, шаптық отын, қаздық жап,
Тердик масақ, ийнимизге салдық қап,
Жас өмирлер гүлдей солып, болдық сап,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?

Орақ орып, өмир бойы болдық қул,
Ислесек те ала алмадық қара пул,
Не жананлар байы өлип қалды тул,
Енди буған жайнап-жаснар күн қайда?

Күни-түни ордық пишен, салыны,
Гүздиң күни жыйдық пискен тарыны,
Өмиринше бир тоймаған қарыны,
Аш, жалаңаш биз сорлыға күн қайда?

Салық салып усы ҳалға ҳәр дайым,
Салығын салыўға биз болдық қайым,
Бир жутым бул ўақта болды уўайым,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?

Ийинге тартарлық және жоқ кийим,
Ҳәм де ағайин жоқ, қәўендер бейим,
Көсилип жатарға және жоқ үйим,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?

Тапқанымыз жетпей қара теңгеге,
Аўыстырып кийим алып кийерге,
Ҳәм базарлық қатар-қурбы жеңгеге,
Алып барар енди бизге ҳ ... Читать дальше »
Просмотров: 574 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

ҚАШАН КӨРЕРМЕН (QASHAN KO'RERMEN)
Паяны жоқ бул дүньяда,
Қашан анамды көрермен?
Әрман билен бул дүньяда,
Йығлап-йығлап мен жүрермен.

Дүньяның жәбири жаманды,
Душпанның басы аманды,
Байыў-патшаға, зор заманды,
Сонлықтан йығлап жүрермен.

Көп жыл болды елден кеттим,
Хийўа барып хызмет еттим,
Елди сағындым, зар еттим,
Халқымды қашан көрермен?

Қара пул болмай табысым,
Келип тур мине намысым,
Әбдимурат жақын достым,
Аўылды қашан көрермен?

Ядымнан анам кетпеди,
Бир күн бир айдай өтпеди,
Тапқаным тамағыма жетпеди,
Аўылды қашан көрермен?
Просмотров: 493 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Көрген соң тынарма Күнхожа сөзи,
Йығлар бул азаптан адамның өзи,
Балалардың ана деп бул айтқан сөзи,
Бул сөзиме қулағың сал, яранлар.

Жылап-жылап шырақларым өшеди,
Бул истиң тәғдирин кимлер шешеди,
Йығлай-йығлай сорлы күни кешеди,
Не қыларман енди буған, яранлар.

Зар жылап отыр ғой үйимниң иши,
Мениң жайым жер төлениң мүйеши,
Еки ул бар аға өзимнен киши,
Не қыламан енди буны ағалар.

Жылайды бийшара анасын айтып,
Дәрт үстине және дәртти молайтып,
Жүрермен дүньяда ағалар айтып,
Бир басқа бир саўда түсти, яранлар.

Бул басым берк екен, жарылған емес,
Залымлардың күни тарылған емес,
Бизлерден душпанлар сарылған емес,
Душпанларға бахыт берди, яранлар.

Бул дүнья өтерсең, ақырың паны,
Алдадың қыядан жол салып, мени,
Саў болса адамның ағалар дени,
Бир басқа бир саўда болды, яранлар.

Жетимлер телмирип жерди қазар ... Читать дальше »
Просмотров: 511 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Ата журты Түркстаннан келгели,
Ата-бабам қоныс басқан жайлаўым.
Анадан туўғалы, ести билгели,
Қатар менен ойнап-өскен жайлаўым.

Күн бойына байыр етип турақлы,
Мен кетермен, әрман менен жырақлы,
Қамыс орған алтаў-жетеў, орақлы,
Терис төбе, Узын қайыр жайлаўым.

Өлим хабарынан келмегей саза,
Енди айтайын сөзди аманлық таза,
Ержан атаў менен шығысы «Ырза», –
Теңизлерде аўқат еткен жайлаўым.

Балық аўлап Тоқтас, Мантик бойынан,
Балық шаншып жазда жүрген ойыннан,
Шаншып сайлап жүрип жайын мойнынан,
Ата-бабам аўқат еткен жайлаўым.

Әбдимурат молла, Ибрайым менен,
Және қапталында Измурат герең,
Қытай, Қоңырат ҳәм де қалың ел менен, –
Ата-бабам аўқат еткен жайлаўым.

Аласат табылса, барлық ел көшер,
Көбейип тур арамыздан қан ишер,
«Жетим – жылай, ылақ – маңрай күн кешер»
Әрман мен ... Читать дальше »
Просмотров: 516 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Шрифт көлеми: Әлипбе: Бас бет Китаплар Әдебият Хрестоматиясы ПОСҚАН ЕЛ ПОСҚАН ЕЛ (POSQAN EL) Ата журты Түркстан, Онда да паян етпеди. Күни-түни қыйналып, Он еки айда тапқаны, Қыс азыққа жетпеди. Кемтар болды суўлары, Ексе егин питпеди. Жаўгершилик көп болды, Сансыз адам қырылып, Ғарға жеген өликке, Жылға, сайлар топ болды, Зулымға дады жетпеди, Адам өлди қан төгилди, Бийгүна гелле кесилди, Ақ денели арыўдың, Бурымлары есилди. Қолы жеткен шоштыйып, Үлгисиз тон пишилди, Сағыйраның қанлары, Суў орнына төгилди, Атаға бала қарамай, Балаға ата қарамай, Кийерине кийим жоқ, Жол жүриўге жарамай, Жасы қайтқан ғаррылар, Бүгилген бели аналар, Көшкен көшке ере алмай, Жолда қалды биразы, Далада қалды көмиўсиз, Қызыл қумды асалмай, Дәрманы кетти ашлықтан, Аяғын қыя басалмай, Перзентлери жылады, Өлген ата-анасы, Қәўимине қоса алмай, Бүлгиншилик көп болды, Қарақалпақ посқан ел, Хорезмге жетиўге, Ҳәммелери буўды бел. Ата журты Түркстан, Өмирлик жайлаў болмады, Ғәрип пенен қәсерге, Жетим менен жесирге, С ... Читать дальше »
Просмотров: 1442 | Добавил: Taker14 | Дата: 13.02.2015 | Комментарии (0)

Xiywa xanina narazailiq Yernazar Alako’zdin’ ko’terilisinen keyin de dawam yetti. A’sirese Qon’iratta Xiywa xanin, wonin’ adamlarin jek ko’riwshilik ju’da’ ku’sheyip ketti. Qon’iratti burin basqarg’an, biraq Xiywa xani ta’repinen wo’ltirilgen To’remurat suwfinin’ Muxammed pana degen a’wladi bar yedi. Wol Xannan wo’sh alaman ha’m Qon’iratti Xiywa xanlig’inan ayirip alaman degen niyette ko’terilis qilmaqshi boladi. Bunin’ ushin qalanin’ ha’kimin alip taslawi kerek yedi. 1858-jili jazda Muxammed Pana qasina Qon’iratli Qulman biydi ha’m bir jay ustasin shaqirip, qa;anin’ ha’kimi Qutlimuratti ko’rip ketin’ dep shakiradi. Qalag’a kirer jerde Qulmurattin’ aldina Qulman biy menen Muxammed Pana kelip, Qulman biy ha’kimge “biz saliq to’ley almaymiz, hesh na’rsemiz qalmadi, jarl ... Читать дальше »
Просмотров: 674 | Добавил: Taker14 | Дата: 07.11.2014 | Комментарии (0)

1 2 »