SITE LOGO
newportal.moy.su
1-ku'n, 29.04.2024,   20:37   Приветствую Вас, Гость | RSS
Главная » 2015 » Fev » 13 » ҚАШАН КӨРЕРМЕН (QASHAN KO'RERMEN)
16:25
ҚАШАН КӨРЕРМЕН (QASHAN KO'RERMEN)
ҚАШАН КӨРЕРМЕН (QASHAN KO'RERMEN)
Паяны жоқ бул дүньяда,
Қашан анамды көрермен?
Әрман билен бул дүньяда,
Йығлап-йығлап мен жүрермен.

Дүньяның жәбири жаманды,
Душпанның басы аманды,
Байыў-патшаға, зор заманды,
Сонлықтан йығлап жүрермен.

Көп жыл болды елден кеттим,
Хийўа барып хызмет еттим,
Елди сағындым, зар еттим,
Халқымды қашан көрермен?

Қара пул болмай табысым,
Келип тур мине намысым,
Әбдимурат жақын достым,
Аўылды қашан көрермен?

Ядымнан анам кетпеди,
Бир күн бир айдай өтпеди,
Тапқаным тамағыма жетпеди,
Аўылды қашан көрермен?
Просмотров: 495 | Добавил: Taker14 | Теги: ҚАШАН КӨРЕРМЕН (QASHAN KO'RERMEN) | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
omForm">
avatar